Тилни танлаш: Ққ | Ўзб  |  Рус

Хожелиден шықкан шайыр-жазыўшылар

Мақола ўзбек тилига таржима қилинмади!

Абдусадықов ҲайытбайАбдусадықов Ҳайытбай

Ҳайытбай Абдусадықов — шайыр.

Ҳ. Абдусадықов 1957-жылы Хожели қаласында туўылған.

Орта мектепти питкергеннен соң дәслеп Тақыятас қала-сындағы кәсип-өнер училищесин, кейин Ташкент аўыл хо-жалық техникумын тамамлайды.

Мийнет жолын Хожели районындағы Ахунбабаев атында-ғы фермер хожалығында агроном болып ислеўден баслайды.

1990-жылы Ташкент Мәмлекетлик Университетиниң журналистика факультетиниң сыртқы бөлимин питкерип-шығады. 1980-жыллардан баслап баспасөз тараўында хызмет атқарады.

Шайырдың қосықлары сексенинши жыллардан баслап Нөкис ҳәм Ташкенттеги газета-журналларда көрине бас-лады.

"Мени кашф этинг" (1984), "Ёруғлик истаги"(1990), "Хо-жели — Хожа-эли" (1997), "Аслим, Аслим Хўжа эли" (2005) китаплары басылып шықты.

Ҳ. Абдусадықов 1991-жылдан Жазыўшылар аўқамының ағзасы

Аймухаммедова Бийбиайша

Аймухаммедова Бийбиайша

Бийбиайша Аймухаммедова — жазыўшы.

Ол 1953-жылы Түркменстанның Ташаўыз ўәлаятының Гөне Үргениш районында туўылған.

1974-жылы Қарақалпақ мәмлекетлик педагогикалық институтының қарақалпақ тили ҳәм әдебияты факульте-тин питкереди.

Мийнет жолын Хожели, Қанлыкөл районларында му-ғаллим болып ислеўден баслаған, 1977-1979-жыллары ра-дио еситтириў комитетинде ислесе, 1979-жылдан баслап №56 кәсип-техникалық колледжинде оқытыўшы болып ислейди.

Б. Аймухаммедованың дәслепки қосыклары республи-калық, районлық газеталарда, "Әмиўдәрья" журналында дағазаланады.

1978-жылы "Шофер қыздың күнделиги" атлы повести жәрияланды.

Б. Аймухаммедова 1983-жылдан Жазыўшылар аўкамы-нын ағзасы.

 

Атамуратова Шийрин

 Атамуратова Шийрин

Шийрин Атамуратова - балалар шайыры. Ш. Атамуратова 1949-жылы 7-июльде Хожели районында туўылған.

Ол орта мектепти тамамлап, 1968-жьты Қаракалпақ мәмле-кетлик педагогикалық институтының физика-математика фа-культетине оқыўға киреди ҳәм оны табыслы питкереди.

Мийнет жолын муғаллим болып ислеўден баслайды. Ш. Атамуратова көп жыллар даўамында Нөкис қала-сындағы К.Маркс ҳәм Ғ.Тоқай атындағы орта мектеп-лерде муғаллим болып иследи.

Ҳәзирги ўақытта ҳүрметли дем алыста ҳәм дөре-тиўшилик ислер менен шуғылланып атыр.

Шайырдың қосықлары 70-жыллардан баслап жәрия-ланды. Оның қосықлары "Жеткиншек" газетасында, "Әмиўдәрья", "Ғумша" журналларында жарық көрди.

Ш. Атамуратованың ҳәзирге шекем "Әткөншек" (1978), "Саўға" (1981), "Шадлық" (1984) деген балалар-ға арналған қосықлар топламлары басылып шықты.

Ш. Атамуратова 1983-жылдан Жазыўшылар аўқамының ағзасы.

 

Әбдирахманов Оразбай

 Әбдирахманов Оразбай

Оразбай Әбдирахманов—жазыўшы.

1949-жылы 29-августта Кегейли районында туўылған.

Хожели қаласындағы мектепте оқып, Ташкент Миллий уни-верситетиниң журналистика факультетин (1973) тамамлаған.

Ол "Жеткиншек" газетасы, "Әмиўдәрья" журналында әде-бий хызметкер, бөлим баслығы, жуўаплы хаткер, Жазыўшылар аўқамында әдебий мәсләҳәтши, "Қарақалпақфильм" кино-студиясында директор, Карақалпақстан Руўхыйлық ҳәм ағар-тыўшылық орайы баслығы орынбасары,"Ўзбектелефильм"-ниң Қарақалпақстан бөлими директоры, "Әмиўдәрья" жур-налы бас редакторы болып ислеген. Ҳәзир Жазыўшылар аўқамы баслығының орынбасары.

Жазыўшының 1977-жылы "Бир муҳаббат тарийхы", "Қоңсы-қобалар"(1981) атамасындағы сатиралық гүрриңлер топламлары басылып шықты ҳәм әдебиятымызда жанр сыпа-тында кәлиплести.

Оның орыс тилинде "Не подписывай, браток" (1984) гүрриңлер топламы жарық көрди..

Қарақалпақ мәмлекетлик театрында "Өжет"(1981) ко-медиясы бүгинге дейин қойылып киятыр.

Жазыўшы "Аралым-дәртим мениң"(1985) эссеси ушын ЮНЕСКО медалы лауреаты болды, 1985-87-жыллары басы-лып шыққан "Мырзаның изи" эссеси жәҳәнниң бир неше тиллеринде басылып шықты. Ол карақалпақ әдебиятына эссе жанрын алып кирди.

"Сайғақлардың көшпели тәғдири" эссеси жазыўшы дөре-тиўшилигинде белгили орын тутады.

О. Әбдирахманов дәслепки қарақалпақ көркем фильмле-ри "Гүм-гүм" (1990), "Тығын" (1991) ҳәм ҳәр қыйлы халықаралық кинофестивальлар лауреаты болған ҳүжжетли филь-млер авторы.

Жазыўшы Арал машқаласына арналған "Аралқум", "Дәрья дәрти", "Арал қызлары" ҳүжжетли фильмлери, ғәрезсизлик жыллары "Өзбекстан" телеканалында көрсетилген "Хийўа", "Темиртулпар пәрўазы", "Миздақхан", "Хорезмниң алтын шеңбери", "Аяз қала", "Өзбекстан темир жоллары", "Қоңы-рат сода заводы" сыяқлы ҳүжжетли фильмлериниң сцена-рийлерин жазды.

О.Әбдирахмановтың 1985-жылы басылып шыккан "Бо-саға" романы 2003-жылы өзбек тилинде "Жаҳон адабиёти" журналында жарық көрди. Ол муқаддес "Қуран"ды қара-қалпақ тилине туңғыш ҳәм толық аўдарды.

Оның публицистикалық шығармалары қарақалпақ, өзбек ҳәм жәҳән тиллеринде турақлы түрде басылып келмекте.

Оған 1999-жылы "Қарақалпақстан Республикасына мий-нети сиңген көркем-өнер ғайраткери", 2000-жылы "Өзбек-стан Республикасына мийнети сиңген мәденият хызметкери" ҳәм 2004-жылы "Қарақалпақстан халық жазыўшысы" ҳүрмет-ли атақлары берилди.

Ол «Шарқ юлдузи», «Әмиўдәрья» ҳәм "Ёшлик" журналы ҳәм "Ҳаёт" газеталарының редколлегия ағзасы.

Ол 1979-жылдан Жазыўшылар аўқамының ағзасы.

Әметов Қазақбай

Әметов Қазақбай

Қазакбай Әметов—сатирик жазыўшы.

Қ Әметов 1941-жылы 23-сентябрьде Хожели районы Қолап аўылы, ҳәзирги "Қаракалпакстан" дийхан-фермер хожалы-гындатуўылған.

1958-жылы Жданов атындағы орта мектепти питкергеннен соң, Қаракалпақ мәмлекетлик педагогикалық институтының тарийх-филология бөлимине оқыўға киреди.

1963-жылы педагогикалык институтты табыслы тамамлап, 1969-жылға шекем мектепте муғаллим, 1973-жылға шекем рай-онлық газетада бөлим баслығы, соңынан райондағы Күнхожа атындағы мектепте директор, 1997-2001-жылға шекем 1-санлы оқыўшылардын экологиялық-тәбият орайында директор бо-лып иследи.

ҚӘметовтың «Абысынлар» (1974), «Хәмелпараздың түси» (1993), «Жала» (1995) атамасындағы гүрриңлер топламлары баспадан шықты.

Ҳәзирги ўақытта ҳүрметли дем алыста. Ол "Өзбекстан ха-лық билимлендириўи ағласы".

Қ.Әметов 1995-жылдан Жазыўшылар аўқамының ағзасы.

 

Беласаров Данияр

Беласаров Данияр

Данияр Беласаров—жазыўшы хәм публицист.

Д. Беласаров Хожели районында туўылған. Ол 1977-жылы Алма-Ата Политехникалық инсти-тутын, 1983-жылы Москва инженерлик курылыс институтын тамамлайды. Соң Халыкаралық Академияның юридика фа-культетин сырттан окып питкерген. 1977-жылдан Тахыятас районындағы оңлаў-механика заводында цех баслығы болып жумыс ислеўден баслайды. Ҳәзирги ўақытта ол Қарақалпақ-стан Республикасы Министрлер Кеңесиниң социаллық ра-ўажланыў бөлиминде жуўаплы хызметкер болып ислейди ҳәм. "Қашармантоп" Федерациясының Президенти.

Д.Беласаровтың дәслепки шығармалары 70-жыллардың басларында жарық көрди. Ҳәзирге шекем оның "Ер Қосай" (1996), "Сатыпалды палўан" (2000), "Табын шежиреси" (2001), "Әдил батыр ким еди" (2006), "Қашарман топ" (2007) сыяқ-лы гүрриң ҳәм публицистикалық шығармалары китап болып шықты.

Д. Беласаров Тациттин, Л. Гумилевтың, Мурад Аджидиң, П.И-вановтың шығармаларын қарақалпақ тилине аўдарған. Жазыўшының бир қатар шығармалары өзбек ҳәм қазақ тилле-рине аўдарылған.

Д. Беласаров "Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген жаслар устазы" ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Ҳүрметжарлығы менен сыйлыкданған. Греция халыкаралық Академиясы сыйлығының лауреаты.

Д.Беласаров 2006-жылдан Жазыўшылар аўқамының ағзасы.

 

Бердиев Мәтибай

Бердиев Мәтибай

Мәтибай Бердиев — шайыр.

М. Бердиев 1951- жылы 5-майда Хожели районы Сарышүңгил аўылында туўылған.

1973-жылы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтын питкергеннен кейин 43-санлы мектепте қарақалпақ тили ҳәм әдебияты пәни муғаллими, директордың оқыў-тәрбия ислери бойынша орынбасары болып ислеген.

1983-1985-жыллары Жамбыл атындағы мектептиң директоры, "Хожели ҳақыйқаты" газетасы редакторының орынба-сары лаўазымында ислеген.

М. Бердиевтың буннан кейинги хызмети тиккелей баспасөз бенен байланыслы.

Дәслепки шығармалары 70-жыллардың орталарында көрине баслады. "Әмиўдәрья", "Арал" журналларында, "Еркин Кара-қалпақстан", "Қарақалпакстан жаслары", "Устаз жолы", "Жи-пек жолы", "Жеткиншек" газеталарында бир неше дүркин қосықлары жарияланған. Қосыкдары казақ ҳәм ноғай тилле-рине аўдарылған.

Оның "Қуяш күлип карай баслады" (1992), "Ҳақыйқат-лық" (1994), "Жанғырық" ("Билим" 1996), "Мәнгилик рен-лер" (1997) хәм балаларға арналған "Аўыл баласы" (1997) топламлары жарық көрген. Белгили палўан С.Мылтыкбаев хақ-кында "Палўан-Сатыбалды Мылтықбаев" атлы китап таярла-ған ("Қарақалпақстан" 1997).

М. Бердиев 1994-жьщдан Жазыўшылар аўқамының ағзасы.

 

Досанов Қармыс

Досанов Қармыс

Қармыс Досанов — шайыр ҳәм жазыўшы.

Қ. Досанов 1922-жылы 15-майда Хожели қаласында ту-ўылған. Усы қаладағы мектеп-интернатта оқыйды ҳәм тәрби-яланады. 1940-жылы Төрткүлдеги педтехникумды питкерип "Қарақалпақстан әдебияты ҳәм искусствосы" журналында ис-лейди. Ол екинши жәҳән урысы қатнасыўшысы.

Урыстан қайтқан соң районлық, областьлық Жаслар коми-тетинде, "Жас Ленинши" газетасында жумыс иследи. Таш-кенттеги партия мектебин питкереди (1950-1953). Москвада-ғы жоқары әдебий курста оқыйды. 1957-58-жыллары "Қара-қалпақстан" баспасыңда көркем әдебият бөлимин басқарады, 1958-63-жыллары Жазыўшылар аўқамында жуўаплы хаткер болды. 1964-жылдан өмириниң ақырына шекем республика-лық телевидение ҳәм радио еситтириў комитетинде иследи.

Қ. Досановтың "Қызыл байрақ" (1952), "Шайыр ҳаўазы" (1954), "Таң самаллары" (1959), "Қәдирли гүлзар" (1968), "Саҳра шәшмелери"(1983), "Первая тропинка" (1957) жыйнақлары сондай-ақ өзбек, тәжик тиллеринде топламлары басылды.

Оның "Азаматлар", "Қамыслықтағы саўаш", "Шамурат ата", "Әмиў ағысы", "Биринши салют", "43-жылдың жазы еди" «Разведчик» деген повесть ҳәм романлары басылған. "Арал ҳаўазы" пьесасы театр сахнасында қойылды.

Қ.Досановтың "Қамыслықтағы саўаш", "Шамурат ата"по-вестьлери рус тилинде басылған. Ол жаўынгерлик орден ҳәм медальлар менен сыйлыкланған.

Қ. Досанов 1955-жылдан Жазыўшылар аўқамының ағзасы.

 

Қасымова Мәрьям

Қасымова Мәрьям

Мәрьям Қасымова — шайыр хәм жазыўшы.

М. Касымова 1917-жылы Хожели қаласында туўылған.

Ол дәслеп Хожелидеги педучилищени (1935), соңынан Төрткүлдеги муғаллимлер институтын питкергеннен соң (1940) муғаллим болып ислейди.

1945-жылдан баслап "Кызыл Қарақалпақстан" газета-сында әдебий хызметкер, 1949-56-жыллары "Қарақалпақ-стан" баспасында редактор, 1956-59-жыллары Өзбекстан Те-леграф агентлигинде редактор, Қарақалпақстан мәденият министрлигинде бөлимбаслық (1959-62), "Әмиўдәрья" жур-налында әдебий хызметкер (1962-65), ал соңғы жыллары өмириниң ақырына шекем баспа сөз тарқатыў орынларында жумыс иследи.

Жазыўшының "Қосыклар" (1955), "Қарақалпақ қызла-ры" (1957), "Қурылысшы" (1959) деген топламлары басы-лып шықты.

Ол А. Мухтардың "Апалы-сиңлилер" (1976) романын, М. Пришвинниң гүрриңлерин қарақалпақ тилине аўдарды.

М.Қасымова Өзбекстан хәм Қарақалпақстан Республи-касы Жоқарғы Кеңесиниң Ҳүрмет жарлықлары менен сый лықланды.

М.Қасымова 1957-жылдан Жазыўшылар аўқамының ағзасы.

 

Маткаримова Дилноза

Маткаримова Дилноза

Жас талант ийеси Дилноза Маткаримова 1986-жылы 6-февральда Хожели районында туўылған.

2004-жылы райондағы 14-санлы орта мектепти тамам-лағаннан соң, усы райондағы медицина колледжинде окып билим алады.

2006-жылы ТашПМИ Нөкис филиалынын жокары ҳәмшийра иси факультетине окыўға кирип, тамамлағаннан соң Хожели районындағы медициналык бирлеспесине қарас-лы "Дослық" бөлиминде ислеп атыр.

Д. Маткаримованың "Мен уллы ел перзентимен" (2001), "Үмитлериме талпынып жасайман" (2001), "Қәлемимнен шашылған гәўҳәрлар" (2004) китаплары басылып шықты.

Ол 2003-жылы О. Худайшукуровты еске алыў күнине бағышлап өткерилген "Нафосат бўстоним маним" рес-публика танлаўына, "Нафосат", "Иктидорли болалар" курылтайларына қатнасып, Ҳүрмет жарлықлары менен сый-лықланған.

Д. Маткаримова 2005-жылдан Жазыўшылар аўқамының ағзасы.

 

Оразымбетов Қуўанышбай

Оразымбетов Қуўанышбай

Қуўанышбай Оразымбетов—жазыўшы хәм әдебият изерт-леўшиси.

Қ.Оразымбетов 1962-жылы 4-февральда Тахтакөпир райо-нының Әдил аўылында туўылған. Орта мектепти питкерген-нен кейин республикалық "Совет Қаракалпақстаны" газета-сында корректор болып мийнет жолын баслайды, 1989-жылы Бердақ атындағы Карақалпақ мәмлекетлик универси-тетиниң қарақалпақ филологиясы қәнигелигин питкерген-нен соң әдебияттаныў қәнигелиги бойынша аспирантураға оқыўға киреди. 1993-жылы "Ҳәзирги қарақалпақ лирикасын-да көркемлик излениўшилик (80-жыллар)" деген темада кан-дидатлық, 2005-жылы "Ҳәзирги қарақалпақ лирикасында көркем формалардың эволюциясы ҳәм типологиясы" деген темада докторлық диссертациясын жақлады. 1996-жылдан филология факультети деканы лаўазымында хызмет атқарды. Ҳәзир университет проректоры. Оған 1996-жылы доцент, 2008-жылы профессор илимий атақлары берилди.

Қ.Оразымбетов 1979-жылдан баслап қосыклары республи-калық "Жеткиншек", "Жас Ленинши" газеталарында, районлык газеталарда жәрияланды. Кейин проза тараўында қәлем тербет-ти. Баспа сөзде көп ғана гүрриңлери, очерклери, "Саған исене-мен" (1995) повести жарық көрди.

Оның қарақалпақ әдебияттаныў илиминиң актуал машқа-лаларына арналған макалалары Ташкенттеги "Жаҳон адеабиёти", "Өзбек тили ва адабиёти", ӨзМУ Хабаршиси", Москвадағы "Вест-ник МГУ", Алматадағы "КазГУ Хабаршысы" журналларында, Аш-хабадтағы"Түркмен дуниеси" газеталарында жәрияланды.

Қ.Оразымбетов 2000-жылдан Жазыўшылар аўқамының ағзасы.

 

Өтепбергенов Әбилқасым

Өтепбергенов Әбилқасым

Ә. Өтепбергенов—шайыр, жазыўшы хәм публицист.

Ә.Өтепбергенов 1951-жылы 5- майда Түркменстан Рес-публикасының Гөне Үргениш каласында туўылған. Ол орта мектепти питкергеннен соң 1968-жылы Қаракалпак мәмле-кетлик пединститутының тәбияттаныў факультетине окыўға киреди. Сон аўылхожалык жумысларында ислейди.

Ол 1976-жылдан баслап "Жас Ленинши", "Еркин Карақал-пакстаи"газеталарында, "Әмиўдәрья" журналының бас редак-торы ўазыйпасын аткарады. Ҳәзирги ўакытта Қаракалпакстан Республикасы Телерадиокомпаниясының телевидение бойынша бас редактордың орынбасары болып ислейди.

Ә. Өтепбергеновтың "Тамшылар" (1982), "Булаклар" (1990), "Дүнья бир әжайып жайдур" (1993), "Дозак ишинде" (1993), "Ашылмаған сыр сандығы мендедур" (1994), "Егер кеўлимди хош етсе..." (1996), "Алланды умытпа" (1997), "Аллада есап бар" (2007), "Эй, инсан!" (2007), "Күн шығыс мухамлары" (2007), "Сәлмен ийшан дөхмет курбаны" (2007), "Кимге кендур, кимге тардур бул дүнья" (2008), "Халыктан данаман деп ойлама" (2009) атлы қосыклар ҳәм "Ойнама, бала" (1984) гүрриңлер ҳәм "Дозақ ишинде" (1993) романы жарык корди.

Ол түркмен жазыўшысы Б. Сейтаковтың "Кыз салы-ғы" романын хәм түркмен шайыры А. Мамедовтың "Кеў-лимниң шар айнасы" деген қосықлар топламларын қара-қалпақ тилине аўдарды. 1994-жылы "Карақалпақстан Рес-публикасына мийнети сиңген мәденият хызметкери", 1997-жылы "Шуҳрат медалы" менен сыйлықланған.

Ә. Отепбергенов1993-жылдан Жазыўшылар аўқамының ағзасы.

 

Пайзуллаева Шәригүл

Пайзуллаева Шәригүл

Шәригүл Пайзуллаева 1962-жылы Хожели районында ту-ўылған.

Қарақалпак мәмлекетлик университетин тамамлағаннан сон, мийнет жолын 1986-жылдан Үлкетаныў музейинде хыз-меткер болып ислеўден баслады.

Ҳәзирги күнде Бердақ атындағы миллий музейиниң ди-ректоры.

Оның "Соқпак", "Аналарды уран еткен хашкпыз" косық-лар топламлары, "Аз имесдур, қарақалпақ көп", "Өмири өнер болған азамат", «Алыстағы ағайинлер» публицистика-лық топламлары басылып шыққан. Ол "Шухрат" медалы-ның ийеси.

Музей жумысларынан тысқары 1987-жылдан Қаракал-пақстан телевидениесинде "Йош", "Мийрас", "Яднама" көрсе-тиўлерин алып барады.

"Алыстағы ағайин" көрсетиўиниң авторы ҳәм алып барыўшысы.

Ш.Пайзуллаева 1995-жылдан Жазыўшылар аўкамының ағзасы.

 

Сағитов Исмайыл

Сағитов Исмайыл

Исмайыл Сағитов — фольклорист алым ҳәм әдебият изерт-леўшиси.

И. Сағитов 1908-жылы Хожели районында туўылған. Төрткүлдеги балалар үйинде тәрбияланған.

Ол дәслепки жыллары жаслар шөлкеминде, областьлық жаслар комитетинде, Кыпшақ хәм Кегейли районларында партия жумысларында ислеген. Пүткил аўкамлык журналистика ин-ститутында окыйды, Кдзак мәмлекетлик университетиниң жур-налистика факультетин сырттан окып питкереди, "Қызыл Кара-калпакстан" газетасының бөлим баслығы, соңынан бас ре-дактор, Каракалпақ мәмлекетлик баспасьшың директоры, Кара-калпақстан Министрлер Кеңесинде мәденият ислери баскар-масының баслығы, ал 1948-жылдан баслап Н. Дәўкараев атындағы Тарийх, тил ҳәм әдебият институтында аға илимий хызметкер, бөлим баслығы болып ислейди.

И. Сағитов 1957-жылы "Бердақтың творчествосы" деген темада кандидатлық, ал 1963-жылы "Каракалпақ қаҳарман-лық эпосын түрк тиллес халықлардың эпослары менен са-лыстырып изертлеў тәжирийбеси" деген темада докторлық диссертацияларын жаклады.

Ол Өзбекстан Илимлер Академиясының хабаршы-ағза-сы еди. Алымның әдебий сын мақалалары, изертлеўлери 30-жыллардан баслап жәрияланды.

Оның "Бердақ-уллы патриот шайыр" (1943), "Бердақ-тың творчествосы" (1958), "Қаракалпақ қаҳарманлык эпо-сы" (1963), "Әдебият ҳәм дәўир" (1968), "Сахра бүлбили" (1974), "Карақалпақ әдебиятының раўажланыў жоллары" (1979) деген ҳәм басқа да китаплары басылып шықты.

И. Сағитов мектеплер, жоқары ҳәм орта арнаўлы  оқыў

орынлары ушын сабақлықлар ҳәм окыў китапларын дүзди. Алым булардан тысқары А. Пушкин, М. Салтыков-Щедрин, А. Чехов, И. Тургенев, М. Горький, М. Шолохов хәм басқа да бир қатар жазыўшылардың шығармаларын қарақалпақ тилине аўдарды. Әдебиятшы алымның өзиниң гейпара мийнетлери де рус ҳәм басқа да туўыскан тиллерде басылып шыкты.

И. Сағитов Ҳүрмет белгиси ордени ҳәм медальлар, Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеслеринин Хүрмет жарлықлары менен сыйлыкланған. Ол Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген илим ғайраткери (1969), Өзбекстан Республикасына мийнети сиңген илим ғайраткери (1979) ҳәм Қарақалпақстан Респуб-ликасы Бердақ атындағы мәмлекетлик сыйлығының лау-реаты (1978) болды.

И. Сағитов 1942-жылдан Жазыўшылар аўқамының ағзасы.

 

Шамуратов Әмет

Шамуратов Әмет

Әмет Шамуратов—шайыр ҳәм жазыўшы.

Ә.Шамуратов 1912-жылы Хожели районында туўылған. Ол Хожелидеги интернатта тәрбияланады, соң Шымбайда-гы "Коммуна" мектебинде оқыйды. Ә. Шамуратов 1931-жылы Москаваға оқыўға жибериледи, жумысшылар факуль-тетинде оқыйды ҳәм метрополитен қурылысында ислейди. 1938-жылы бул оқыў орнын тамамлап, Республика билим-лендириў министрлигинде инспектор, соң баспасөз орын-ларында ислейди. 1947-50-жыллары Әмет Шамуратов партия мектебин питкереди. Карақалпақстан Министрлер Кеңеси баслығының орынбасары, Нөкис қалалық партия комитети-нин биринши хаткери, Жазыўшылар аўқамының баслығы лаўазымларында ислейди. Оның "Сыйлық" (1940), "Ўатан ҳақкында қосықлар" (1943), "Бахыт" (1949), "Ески мектеп-те"(1940), "Бахыт қосықлары" (1949) сыяқлы поэзиялық, прозалық топламлары басылды. Жазыўшының Таңламалы шы-ғармалары бир неше мәртебе қайта басылды,(1954-63), (1962-72) "Ески мектепте", "Мениң жолбарыслар менен ушыра-сыўларым" повестьлери рус, өзбек тиллеринде жәрияланды.

Ә. Шамуратов "Арал қызы" (Ж. Аймурзаев пенен бир-ге), "Кырық қыз"(И Юсупов пенен бирге) пьесаларының авторы. Ол орден-медаллар, Өзбекстан ҳәм Карақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Ҳүрмет жарлықлары менен сыйлықланды. Ә. Шамуратов Карақалпақстан Респуб-ликасының Жоқарғы Кеңесине депутат болып сайланды.

Ә. Шамуратов 1941-жылдан Жазыўшылар аўқамының ағзасы.

 

Яқубов Ғайып

Яқубов Ғайып

Ғайып Яқубов — шайыр, дилмаш ҳәм журналист.

Ғ. Яқубов 1937-жылы 9-октябрьде Хожели қаласында туўылған. Ол Ташкент мәмлекетлик университетиниң жур-налистика факультетин табыслы питкергеннен кейин, мек-тепте муғаллим, 1964-1968- жыллары Қарақалпақ мәмле-кетлик пединститутында оқытыўшы, 1968-жылы Республи-калық муғаллимлердиң билимин жетилистириў институтында кабинет баслығы, 1969-85-жыллары «Ўқитувчилар газетасы»-ның Хорезм ҳәм Карақалпақстан бойынша арнаўлы хабар-шысы. 1985-1992-жыллары Қарақалпақстан Жазыўшылар аўқамында әдебий мәсләҳәтши, әдебият қорының баслығы болып ислейди. "Маърифат" газетасының хабаршысы, соңы-нан "Аму тонги" газетасында ислейди. Хәзир Өзбекстан Республикасы "Хуррият" газетасының Қарақалпақстан Респуб-ликасы бойынша хабаршысы ҳәмде «Қарақолпоғистон тон-ги» газетасында ислеп атыр.

Ғ. Якубовтың "Сырлы таяқ" (1965), "Жағыстағы самал-лар"(1988), "Төртликлер"(1991), "Муҳаббат-ҳикмат" (2007) китаплары басылып шықты. Ол аўдарма тараўында Т. Қайыпбергеновтың "Суўық тамшы" (А. Қаҳҳар менен бирликте), "Уйқысыз түнлер"(1972) повестьлерин өзбек тилине аўдарды.

Ғ. Якубов Қарақалпақстан Республикасы Жоқары Кеңесиниң Ҳүрмет жарлығы менен сыйлықланған.

Ғ. Яқубов 1990-жылдан Жазыўшылар аўқамының ағзасы.

 

Қидирув



Оҳирги мақолалар:


ГЛАВА II. РУСТАКИ ГАВХОРЭ

(К исторической динамике древней ирригационной сети Хорезма) «Они провели из нее (реки) каналы и построили на ней города».Ал-Макдиси BGA III 2...


ГЛАВА I. СТЕНА В ПУСТЫНЕ

«КАС — на языке жителей Хорезма — этостена в пустыне, ничем не окруженная».Якут. IV. 222.«И люди построили на берегах ее болеетрех...


Хожелиден шықкан шайыр-жазыўшылар

Абдусадықов Ҳайытбай Ҳайытбай Абдусадықов — шайыр. Ҳ. Абдусадықов 1957-жылы Хожели қаласында туўылған. Орта мектепти питкергеннен соң дәслеп Тақыятас қ...


Хорезм и Хазария.

Кожинов. История Руси и русского Слова Специальный экскурс: история ХазарииОбщепризнанно, что на рубеже VIII—IX веков государственной религией Хазарского ...


Фирдаус ал-икбал

Мунис и Агахи«Райский сад счастья». Имеет второе название — «Икбал-наме» (*** «Книга счастья»). Автор — Шир-Муха...


Крепость Довкесен

09.12.2001"Моей любви всем причаститься б вам,-Собрать хоть по одной частице б вам,-По капле крови иль по лепестку -Все мое сердце, боль мою, тоску" Навои "Фарх...


Погода


GISMETEO: Погода по г.Ходжейли

Победа на интернет-фестивале