Тилни танлаш: Ққ | Ўзб  |  Рус

Китоблар

Мақола ўзбек тилига таржима қилинмади!

Өтеўлиев Өмирбай. Дүньяға бир келген инсан - Нөкис, Қарақалпақстан 1996

Өтеўлиев Ө. Дүньяға бир келген инсан

Жазыўшы Ө. Өтеўлиевтиң бул китапшасы белгили исби-лермен, көп жыллар республика тутыныўшылар жәмийе-тиниң баслығы болып ислеген ел азаматы С.Мәтжановтың халқымызға көрсеткен қайыр-сақаўатлы хызметлери ҳақ-қында сөз етиледи. Оның сүўрети халық аралық коопера-тинлик альяныстың ҳүрметли ағзасы сыпатында Брюсель-деги Кооператорлар сарайындағы ҳүрмет тахтасында илди-риўли турған. Китапты оқыў барысында Мәтжановтың жү-рип өткен қырлы соқпақларынан узақ ҳәм жақын өтмишти бирме-бир көз алдыңызға келтиресиз.
Китап Сейтжан Мәтжановтың туўылғанына 80 жыл то-лыў юбилейи мүнәсибетине шығарылып отыр.

 


 

Абат Алиев - Мәртлик - Нөкис, "Билим" 2005

Республикамыздың белгили жазыўшыларының бири Абат Алиевтиң бул мийнети аўыл ҳәм халық хожалығын раўажландырыўға үлкен үлес қосқан ел перзенти Пиржан Халмуратовтың өмир жолына бағышланған. Китапта искербасшы, шебер шөлкемлестириўши, 1950— 60-жылларда Хожели, Қараөзек районлары прокуроры, 1960—62-жылларда Республика ишки ислер министриниң орынбасары, 1962— 85-жылларда Кегейли, Хожели районлық партия комитетлериниң биринши секретары лаўазымларын атқарған, бир неше мәрте Өзбекстан Республикасы ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Советлериниң депутаты ҳәм ҚР Жоқарғы Советиниң баслығы болып сайланған Пиржан Халмуратов ҳаққындағы заманласларының еске түсириўлерине, фотосүўретлерге орын берилген.

Бул мийнет кең көлемдеги китап оқыўшылары арасында қызығыўшылық оятады ҳәм халқымыздың өткен турмысынан жазба естелик болып қалды.

 


 

М .Бердиев,Б. Сейтаев, Г. Досымбетов, Д. Беласаров. Сатыбалды палўан Мылтықбаев - Нөкис, Қаракалпақстан, 1997

Сатыбалды Мылтықбаев

Сизиң нәзериңизге усынылып отырған бул китапшада халқымыздың кайсар перзенти, гүрестиң төрт түриниң маманы Сатыбалды Мылтықбаевты ң машақатлы ҳәм қызықлы өмир жолы кең түрде сәўлеленген. Китап палўанның 60 жаска толыў ҳүрметине шығарылып отыр.

 

 


 

Дәўлетбийке Шерниязова. Өмири гөззал инсан - Нөкис "Билим", 1999

Талантлы жазыўшы Дәўлетбийке Шерниязова өзиниң бул жаңа китабын оқыўшылар қәўимине усына отырып, онда республикамызға белгили, атақлы уста Сейтжан ата ҳэм оның ибратлы өмири, шәкиртлери ҳаққында кең сөз етеди. Басып өткен мазмунлы өмир жолы бәршеге үлги боларлық, қолы гүл уста Ссйтжан Райымбергенов ҳәм оның уллы шаңарағын жазыўшы көркемлик пенен шебер сүўретлей алған. Китапта сүўретленген бул әжайып инсанның басып өткен өмир жолы бүгинги күнде ҳәр бир шаңарақ, өсип баратырған ҳәр бир жас әўлад ушын үлги болары сөзсиз.

Пикир   билдириўшилер:
Т. Қабулов — Қарақалпақстан халық шайыры.
Қ. Султанов — Филология илимлериниң докторы   профессор.


 

Умрбой Утеулиев. Эл фарзанди - Тошкент - "Истиклол", 2000

Истеъдодли қорақалпоқ ёзувчиси Умрбой Утеулиевнинг ушбу ҳужжатли қиссасида бир оила тарихи ҳаётий манбаларда, хотираларда акс эттирилади. Асар жўғрофияси - Қорақалпоғистон ва Хоразм вилоятларини қамраб олади. Лекин қисса қаҳрамонлари баъзан ота юрт тупроғидан олисларда ҳам "элим деб, юртим деб, ёниб яшайдилар" - жон олиб, жон берадилар. Асарнинг бош қаҳрамони - Ражаб оға Ҳасанов. У кишининг ҳаёти тимсолида халқимизнинг жудоликдаги йилларда - мустамлакачилик даврида бошидан кечирган ажабтовур воқеалар қогозга туширилади. Асосий вокеа-ҳодисалар чекка бир овулда рўй беради. Атокли қирғиз адиби Чингиз Айтматов таъбири билан айтганда, "Овул тирик мавжудот каби ўзининг абадий қонунлари билан яшайди. Ўшалардан энг муҳимлари - кексаларга ҳурмат ва етти ота-бобони билишдир. Лекин, яна бир нарсани эсдан чиқармаслик лозим: келажакда ўзинг ҳам етти ота-бобо қаторидан жой оласан. Хўш, аждодлар сени яхши сўзлар билан эслайдиларми ёки аксинча?.."

Хуллас, "Эл фарзанди" ҳужжатли қиссаси китобхонни бефарқ қолдирмайди. У бизни ўйлашга, ўйлаб кадам ташлашга ўргатади.

Қорақалпоқчадан Набижон БОҚИЙ таржимаси

 


 

Қурбанбай Байниязов - Шынланыў."Қарақалпақстан", Нөкис 2000

 

Белгили журналист Қурбанбай Байниязов өзиниң публицистикалық мақалалары, көлемли прозалық шығармалары, очерк, гүрриңлери менен республикамызға танылған талант ийеси.

Автордың қолыңыздағы китабында республикамыздың раўажланыўы, халқымыздың абадан турмысы жолында пидайы хызмет етип атырған исбилермен Мақсет Көлбаевтың өмир жолы, ҳаққында сөз етиледи.

Китапқа пикир билдиргенлер:

— Базарбай Иманов, Қарақалпақстан жазыўшылар аўқамының ағзасы, шайыр.

 — Орынбай Халмуратов «Қарақалпақсаўда» ашық түрдеги акционерлик жәмийетиниң баслығының орынбасары.

 

Қидирув



Оҳирги мақолалар:


ГЛАВА II. РУСТАКИ ГАВХОРЭ

(К исторической динамике древней ирригационной сети Хорезма) «Они провели из нее (реки) каналы и построили на ней города».Ал-Макдиси BGA III 2...


ГЛАВА I. СТЕНА В ПУСТЫНЕ

«КАС — на языке жителей Хорезма — этостена в пустыне, ничем не окруженная».Якут. IV. 222.«И люди построили на берегах ее болеетрех...


Хожелиден шықкан шайыр-жазыўшылар

Абдусадықов Ҳайытбай Ҳайытбай Абдусадықов — шайыр. Ҳ. Абдусадықов 1957-жылы Хожели қаласында туўылған. Орта мектепти питкергеннен соң дәслеп Тақыятас қ...


Хорезм и Хазария.

Кожинов. История Руси и русского Слова Специальный экскурс: история ХазарииОбщепризнанно, что на рубеже VIII—IX веков государственной религией Хазарского ...


Фирдаус ал-икбал

Мунис и Агахи«Райский сад счастья». Имеет второе название — «Икбал-наме» (*** «Книга счастья»). Автор — Шир-Муха...


Крепость Довкесен

09.12.2001"Моей любви всем причаститься б вам,-Собрать хоть по одной частице б вам,-По капле крови иль по лепестку -Все мое сердце, боль мою, тоску" Навои "Фарх...


Погода


GISMETEO: Погода по г.Ходжейли

Победа на интернет-фестивале