Бош сахифа
Хожели қаласы Орайлық Азияда ең ески қалалардың бири. Қолда бар илимий дереклерге қарағанда оның жасы 2400 жылды қурайды. Лекин, қаланьң салыныў дәўири, алдағы ўақытлардағы жүргизилетуғын изертлеўлер менен және де тереқлестирилиўине гүман жоқ. Себеби, қаладан тастан исленген қураллардың табылыўы Хожели аймағында халықтың бизиң эрамызға шекемги IV - III әсирлерден берли жасап киятырғанлығын көрсетеди.
Орта әсирдеги жазба дереклерде Хожели қаласы Миздақхан деген атама менен белгили болған. Бул ҳаққында X әсирде жасаған араб географлары Ибн Русте ҳәм ал-Истрахилер жазып қалдырған. Сондай-ақ тағы бир араб географы ал-Макдисидиц 985-жылғы көрсетиўинше Миздақхан 12000 феодал қорғанларының орайлық қаласы болған. Белгили шығыстаныўшы алым О.Г. Большаковтың анықлаўынша Миздақхан майданы бойынша орта әсирлердеги Арал бойы қалалары Гурганж (Журжания) ҳәм Қыяттан кейинги үшинши қала болып есапланған.
Қаланың ең әййемги бөлеги халық арасында Гәўир қала деген ат пенен белгили болып, ол тоғыз гектардан аслам майданға ийе тәбийғый төбелик үстине бизин, эрамызға шекемги IV әсирде салынып, қалың дийўаллар менен қоршалып, минаралар менен беккемленген.
Бизиң эрамыздың басларына келгенде қала аймағы кенейип, бир қанша раўажланады. Усы жерде соны да айтыўымыз керек, Хожели қаласы тарийхы бойынша белгили алымлар В.В. Бартольд, Я.Г. Гулямов, А.Ю.Якубовский, С.П.Толстов, С.К.Камалов, В.Н. Ягодин, М. Мәмбетуллаев, Ғ.Хожаниязов, М.Ш.Кдырниязов, М.Турабеков, О.Юсупов, Х.Есбергеновлар ҳәр қыйлы дәўирлерде изертлеген ҳәм пикирлер айтқан.
Қубла Арал бойын араблар жаўлап алғанда олар өзлеринин, биринши найыбын (бақлаўшысын) дәслеп усы Хожелиде отырғызып кейин ала оны Гурганжге (Журжания) өткериўинин өзи Миздақханнын, VIII әсирлерде де Орайлық Азияда орайлық қалалардың бири болғанлығынан дерек береди. Бул фактти тарийх мойынлайды.
IX - XI әсирлерде қалада жана қорған дийўаллар тикленип, ҳәким сарайлары салынады. Қытай теңгелериниц, Жер орта тенизи бойы шийше ыдысларының, Қара теңиз бойы затларының қаладан табылыўы Миздақхан Шығыс пенен Батысты байланыстырған халықаралық саўда жипек жолы тармақларының бойында жайласқанлығын дәлиллейди. Бул дәўирде қалада қытай, араб, парсы, Қара теңиз бойы саўдагерлериниң тоқтап өткенлиги белгили.
Ходжейли́ (узб. Xoʻjayli, Хўжaйли, каракалп. Xojeli, Хожели) — город в Каракалпакии (Узбекистан), административный центр Ходжейлинского района (тумана). Население — 104,5 тыс. жителей (2009) По материалам Википедии |
|
XI - XII әсирлерде қала ҳәкиминиң жаңа сарайлары, пуқаралық ҳәм диний архитектуралық қурылыслар бой тикледи. Олардыц қатарына бүгинги күнге шекем сақланып келген Ережеп Қәлпе атлы мешит-медресе, жумамешит, қәлендерхана, бир неше әжайып мақбаралар жатады.
1219-1221-жыллары Шыңғысхан басшылығында монғол армиясы тәрепинен Орта Азия еллериниң жаўлап алыныўына байланыслы ўақытша үзилиске түскен Миздақхан қаласы XIII әсирдиң екинши ярымында қайта тикленди. Еки бийик төбелик арасындағы ашық кең майданға жаңа қала салынады. Жергиликли халық арасында оны "Шәҳәр Антакия" деп те жүргизиледи.
Алтын Орда дәўиринде қаланық гүллеп раўажланыўына "Уллы жипек халықаралық саўда жоль"ның қайта тиклениўи күшли тәсир жасайды. Усы дәўирде қалада өнерментшилик раўажланады, саўда жолға қойылады, жаңа пуқаралық ҳәм диний қурылыслар бой тиклейди. Олардың арасында жер астында салынған Мазлымхан сулыў, Шамун наби, Қырық шопан сыяқлы архитектуралық қурылыслар айрықша орын тутады.
XIV әсирдиң ақыры XV әсирлерде Әмиўдәрьяның тийкарғы ағысының Сарықамыс тәрепке қарай ағыўынан суў тамтарыслығы пайда болыўына, ишки ҳәм сыртқы сиясий жағдайларға байланыслы қалада тиришилик көлеми тараяды, қала халқыныц белгили бөлеги қоныс өзгертиўге мәжбүр болады. XVI әсирдиң орталарынан баслап Әмиўдәрья суўының қайтадан өзиниң бурынғы ески саласы арқалы Арал теңизине қарай ағыўы менен Хожели қайта жанланады. Мине, усыған байланыслы әййемги ҳәм орта әсир миздақханлылардың әўладлары жаңа қалаға тийкар салады.
Миздақхан — Хожели қаласыныц еки мың төрт жүз жылдан берли жасап киятырғанлығын дәлйллеўши қала халқының қойымшылығы. Халық арасында "Мазлымхан сулыў" аты менен белгили бул муқаддес орында әййемги зораастризм дини дәстүрлеринен баслап бүгинге шекем қала марҳумлары жерленип келмекте.
Хожели (Антакия, Миздақхан) ҳаққындағы ең әййемги мағлыўматларды эрамыздан алдыңғы III әсирге тийисли деп қабыллаўға болады. Өзбек энциклопедиясындағы Антакия, Антиох, Салавкийлер сыяқлы мақалаларда дәслепкиси эрамыздан бурынғы 280-жылы тахтқа отырған, соңғысы эрамыздан бурынғы 64-жылы патшалық қылған Салавкий Антиохлар (Антиох I, Антиох II, Антиох III сыяқлы саналып кеткен) дәўиринде олардың атлары менен байланыслы бир қанша қалалар ҳәм басқа ири қурылыслардың пайда болғаны айтылады. Мысалы, Түркиядағы, Ирандағы, Армениядағы Антиохия қалалары, ҳәзирги Мары жанындағы узынлығы 300 километрлик қорғаныў дийўалын атап өтиўге болады. Хожели жанындағы Антиохия қаласы да дәслеп сол дәўир аралығында Салавкийлер мәмлекетиниң шегара қаласы сыпатында пайда болған деп айтыўға тийкар бар.
Хожели қаласының ҳәкимияты
Антакия, соңынан Маздақхан деп айтылып, орта әсирлерде ол Хорезм мәмлекетинин, ең ири қалаларынан бири болған. 709-жылы Хорезмшаҳ Чаганның иниси Хуразаттың өзине тән бир қанша адамлар менен Маздақхан қаласын мәкан тутып патшалық еткени ҳаққында мағлыўматлар бар. (История Хорезма с древнейших времен до наших дней. Ташкент. "Фан" 1976 г.)
Сондай-ақ, X әсир тарийхшысы ал-Истахридин "Маздақхан қаласы Үргеништен еки фарсах жерде жайласқан" (фарсак-ҳәзирги 6-8 километр), араб илимпазы Макдисидин X әсирдиң екинши ярымында "Маздақхан қаласы дөгерегинде 12 мын, қорған болған" деген мағлыўматлары көпшилик илимий мақалаларда ушырайды. 1981-жылы Ташкенттеги "Ўзбекистон" баспасынан шыққан "Сайёҳ олимлар" китабында X әсирлерде Әмиўдәрьядан Сарықамыс тәрепке қарай аққан дәрьяның "Маздубаст" деп аталғаны ҳаққында Беруний шығармаларында бар екенлиги айтылады. 1349-жылы, яғный Алтын Орда дәўиринде дүзилген бир ўақып хатында Миздақхан қаласы атап өтилген. Тилекке қарсы, Маздақханнын, буннан кейинги дерлик үш әсирлик тарийхы ҳаққындағы жазба дереклер ушырамайды. Тек XVII әсирдиң орталарына келип Хорезм патшасы Абулғазы Баҳадырхан "Миздақханнан Бақырғанға тутас Қуйғын деген жерге дейин бийдай егилетуғын еди... Атлы адам он күнде бийдайдың сыртынан айланып келе алмайтуғын еди" деп жазады ("Шажарийй түрк" Ташкент, "Чулпон" баспасы 1992-жыл). Хожели орта әсир тарийхында Миздақхан деген атама менен белгили болып, ески қаланың қалдықлары ҳәзирги таза Хожелиниң күн батар қапталында үш төбеликте ҳәм олардың аралығындағы кеңисликте орналасқан. Жергиликли халық оларды Гәўирдин, қаласы, Антакияның қаласы, "Кохи Антакия", Шамуннын, қаласы ямаса Назлымхан сулыўдың қаласы деп атайды.
XVII әсирде тарийхта Хожели атамасы пайда болды. Хожелиниң бир неше рет қорғанлары салынады. Солардың бири Жақсылық бий басшылығында 1773-1775 жыллары салынған. ХVI-ХIХ әсир даўамында қойымшылықта Жети карий, Әбдираман Шаламан, Шамун Набидин, баласының мақбарасы атлы бир неше қурылыслар бой тиклейди. 1811-жылы Пирим ийшанның медресеси салынады.
XIII әсирдиң екинши ярымынан баслап Батысты ҳәм Шығысты байланыстырыўшы "Уллы жипек саўда жолы" қайтадан жолға қойылыўына байланыслы Хожели қайтадан тикленди. Қытай, Ҳиндстан, Иран, Сирия еллери, Волга бойы ҳәм Қара теңиз жағалаўларындағы қалалардың саўдагерлери, саяхатшылары усы жерде тоқтап өткен.
Хожелиниң әййемги ҳәм орта әсирлердеги Миздақхан бөлеги өзиниң илимий ҳәм мәдений қуны жағынан Орталық Азияның белгили қалалары Афрасиаб, Пянджикент, Отырар менен бир қатарда турады. Автор: Данияр Беласаров
|